Бүгинги күнде Ишки ислер органлары ҳәмде ҳалық билимлендириў тараўы менен биргеликте жас-өспиримлер саламат турмыс тәризинде тәрбиялаў, олар арасында ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықтың алдын-алыў, жасларды түрли тәсир етиўши жат иллетлерден қорғаў бағдарындағы ис-иләжларға үлкен дыққат итибар қаратпақта
Бүгинги күнде Ишки ислер органлары ҳәмде ҳалық билимлендириў тараўы менен биргеликте жас-өспиримлер саламат турмыс тәризинде тәрбиялаў, олар арасында ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықтың алдын-алыў, жасларды түрли тәсир етиўши жат иллетлерден қорғаў бағдарындағы ис-иләжларға үлкен дыққат итибар қаратпақта.
Усындай иләжлар барысында орта арнаўлы мектеплерде «Оқыўшы», «Қатнас», «Дыққат балалар», «Тығ» ҳәм басқада кең қөлемли иләжларды алып бармақта. Хожели районы МШ ҳәм МББне қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде өткерилген иләжларда да мектеп оқыўшылары арасында түрли жат иллетлердиң, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыў бойынша сәўбетлесиўлер алып барылды. Иләжлардың биринде райондағы 28-санлы мектеп оқыўшыларына көрсетилип өтилген видео роликте жас-өспиримлер арасында жүз берген түрли жат ҳәрекетлер, оның алдын-алыў мәселелери сөз етилди.
А.Қадиримбетова, Хожели районы ИИБ ЖҚХ ҲПБ ЖӨМБ инспектор психологы, лейтенант