Кɵшпели суд мǝжилиси

2023-жыл 14-сентябрь күни Хожели районы Абу-али Ибн-сино атындағы жǝмиет саламатлық техникумының имаратында, жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов тǝрепинен жǝмийет қǝўипсизликке ҳǝм жǝмийетлик тартибке қǝўип салатуғын материалларды таярлаў, сақлаў тарқатыў яки кɵрсетиў менен байланыслы бир шахстың жынаят иси кɵшпели суд мǝжилисинде кɵрип шығылды.

Оның қылған исинен шын кеўилден пушайман екенлигин, жаслығын, биринши мǝрте жынаят сǝдир етип атырғанлығы итибарға алынып, оған еркинен айырыў жазасын тайынламастан турып ҳәм дүзетиў мүмкин деп еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза тайынланды. 

Соның менен бирге кɵшпели суд мǝжилиси қатнасыўшыларына сǝдир етилген жынаятшылық ҳақкында түсиндирилип, оның алдын алыў ҳǝм келип шығыў себеплери бағдарында ҳуқықый түсиниклер берип ɵтилди.