Кɵшпели суд мǝжилиси

2023-жыл 13-сентябрь күни Хожели транспорт қǝсип-ɵнер мектебиниң имаратында, жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов тǝрепинен транспорт қуралларын пайдаланыў қәўипсизлигин бузыў менен байланыслы бир шахстың жынаят иси кɵшпели суд мǝжилисинде кɵрип шығылды.

Кɵшпели судта жǝбирлениўшилер ɵзлерине келтирилген зыян айыпланыўшы тǝрепинен толық қапланғанлығына байланыслы ɵз-ара жарасып кеткенлерин билдирип, оған қарата жынаят исин жарасыў мунǝсибети менен жуўмақлаўды сорады.

Сонлықтан ис, суд тǝрепинен Жынаят кодексиниң 661-статьясы (тǝреплердиң жарасқанлығы мунǝсибети) менен ɵндиристен қысқартылды. 

Соның менен бирге кɵшпели суд мǝжилиси қатнасыўшыларына сǝдир етилип атырған жынаятшылық ҳǝм ҳукықбузарлықлар ҳақкында түсиндирилип, ǝсиресе жаслар ҳǝм ҳаяллар арасында жынаятлардың алдын алыў, олардың келип шығыў себеплери бағдарында ҳуқықый түсиниклер берип ɵтилди.