Кɵшпели суд мǝжилисинде 50 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды
Кɵшпели суд мǝжилиси
2023-жыл 12-сентябрь күни Хожели районы Педагогика коллежиниң имаратында, жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов тǝрепинен “Майда бийзарылық” “Фахишалық пенен шуғылланыў” ҳǝм “Транспорт куралларын мǝс ҳалда баскарыў”дың алдын алыў бағдарында кɵшпели суд мǝжилиси ɵткерилди.
Кɵшпели суд мǝжилисинде 50 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды.
Соның менен бирге кɵшпели суд мǝжилиси қатнасыўшыларына сǝдир етилип атырған ҳукықбузарлықлар ҳақкында түсиндирип, келип шығыў себеплерин ҳǝмде алдын алыў бағдарында ҳуқықый түсиниклер берип ɵтилди.