9 пуқара жазасынан мүддетинен бурын азат етилди.

2023 жыл 11-сентябрь күни Хожели районы «Шагалакол» мәкан пуқаралар жыйыны имәратында Жынаят ислери бойынша Хожели районы судыныӊ баслығы И.Алланиязовтыӊ басшылығында көшпели ашық суд мәжлиси болып өтти.Онда Хожели районы Ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик бөлими пробация топары есабында турған жаза өтеў дәўиринде өзлерин жақсы тәрептен көрсеткен, қылған исинен пушайман болып, дүзелиў жолына өткен, жасаў ҳәм жумыс орнынан жақсы минезлемеге ийе болған Б.Б, Ж.У, Ш.А, А.Х, А.Н, А.Б, К.И, К.Н, Х.Фларды Өзбекистан Республикасы ЖКниӊ 73-статьясына тийкар мүддетинен бурын жазасынан азат етиў бойынша Ишки ислер бөлими баслығыныӊ усыныслары көрип шығылды ҳәм 9 пуқара тийкарғы ҳәм қосымша жазаларынан мүддетинен бурын азат етилди.
Буннан тысқары, «Шагалакол» мәкан пуқаралар жыйыны имәратында район аймағында сәдир болған нәшебентлик затлары менен байланыслы болған жынаят кеӊ жәмийетшилик арасында додаланды.Онда жынаяттын келип шығыў себеплери, нәшебентлик затларыныӊ инсан организмине зыянлы тәсирлери, ақыбетлери ҳаққында сөз етилди.
Көшпели суд мәжлиси соӊында жыйналғанлар, усы аймақ пуқаралары өзлерин қызықтырған суд-ҳуқық тараўындағы сораўларына суд баслығы тәрепинен жуўаплар алды.