Балалар майданшасы пайдаланыўға тапсырылды

Хожели районы «Абат» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан «Magic Land» балалар майданшасы пайдаланыўға тапсырылды. Оныӊ ашылыў салтанатында район ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Кудайбергенов, нураный аталарымыз ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Бунда жас исбилермен өз есабынан заманагөй қолайлықларға ийе болған балалар майданшасы ҳәм аўқатланыў орайын иске түсирип, 5 пуқараны жумыс пенен тәмийинледи. Ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм ықшам етип қурылған бул балалар майданшасы перзентлеримиздиӊ жыл даўамында бос ўақытларын мазмунлы өткеретуғын сүйикли мәсканына айланады.