СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

2023-жылдың 1-июль ҳалатына Хожели районы аймағында 2110 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери 1438 қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны 1093 субъект болып, соннан 160 субъект жыл басынан жаңадан ашылып бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсинидириў жумыслары алып барылмақта. 

Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 257, қурылыс кәрханалари саны 143, саўда кәрханалари саны 501, ҳәмде ҳ.т.б кәрханалардан ибарат.

2023 жылдың январь-июнь халатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 218,8 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы 6322,4 мын. АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 388,6 млрд. сум, жәми хызметлер тараўы 254634,5 млн сум болып 109,0 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди. 

    Хожели районы статистика бөлими.