Ҳүрметли пуқаралар! Жаз айларында күнниң ысып кетиўине байланыслы төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң!
#Еслетпе
⚡Ҳүрметли пуқаралар! Жаз айларында күнниң ысып кетиўине байланыслы төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң!
-Көшелерде тез жаныўшы затлар ҳәм шығындыларды өртемең;
-газ баллонлар, тез жаныў қәсийетине ийе лак-бояў ҳәм басқада қурылыс материалларын қуяш нуры астында қалдырмаң;
-автотранспорт қуралларын қуяш нуры астында көп ўакыт қалдырмаң;
-жанар май қуйыў ыдысын ҳәм газ баллонларын газ бенен көп муғдарда толтырмаң;
-имәрат ҳәм турақ жайларда электр ток тармақларын ҳәдден тыс көп күшлениў астында пайдаланбаң;
-балаларды уйде қараўсыз қалдырмаң;
-нефть өнимлери ҳәмде жаныўшы газларды тасыў ҳәм қуйыў жумысларын күннин ыссы ўакытларында әмелге асырмаң.
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы бөлимше баслығы майор
Д.Амангелдиев