Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Джанабаев өзине бириктирилген жаслар менен ушырасып, олардың машқалаларын бирме бир үйренип шықты
Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Джанабаев өзине бириктирилген жаслар менен ушырасып, олардың машқалаларын бирме бир үйренип шықты.
Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 11-апрель күни Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин арттырыў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде, көмекке мүтәж болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын сектор басшылары, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерден ибәрат болған жәми 33 жуўаплы басшыларға улыўма 1005 жаслар атпа-ат бириктирилген еди. Сол тийкарында бүгин 19.05.2023-жылы Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Джанабаев өзине бириктирилген 26 жас пенен ушырасты. Бунда, жасларымыз тәрепинен өзлерин қыйнап жүрген машқалалары билдирилип, олардың орынланыўы бойынша тийисли тараўлар менен биргеликте үйренилди ҳәм қадағалаўға алынды. Ушырасыў соңында, «Тынышлық» МПЖ аймағында жасаўшы пуқараның ҳалынан хабар алынып, зәрүрли болған реабилитация қураллары тапсырылды.