Нотариус мәсләҳәти
Автотранспорт қуралларыныӊ алды-сатты шәртнамасын рәсмийлестириў тәртиби
Нотариус – бул тәреплердиӊ еркин, ўәкалатлы ҳәм қалыс мәсләҳатшиси, сондай-ақ тәреплердиӊ ҳәрекетлериниӊ нызамлылығы, нәтийжеси ҳәм қәўипсизлигиниӊ кепили.
Нотариуслер турмысында ҳәр күни ҳәр түрли мазмунда болған нотариал ҳәрекетлер бойынша пуқаралар мүражәт қылады, бир қараста әпиўайы болып көринген ҳәрекетлердиӊ де өзине жараса сырлары бар. Мәселен нотариус күнделигиндеги әпиўайы болған автомототранспорт қуралларын рәсмийлестириў менен байланыслы болған ҳәрекет ҳаққында төмендегише түсиник берип өтпекшимен.
Автотранспорт қураллары ҳәм өзи жүрер машиналар ҳәм де олардыӊ тиркеме, ярым тиркемелерди басқа шахсқа өткериўде шәртнамалар тастықланғанда ҳәр бир пухара ямаса юридик шахс қәлеген нотариал кеӊсеге мүражәт етиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ тийисли қарары менен тастыйқланған «Автотранспорт қураллары менен байланыслы шәртнамаларды рәсмийлестириў ҳаққында»ғы Нызамға тийкар автомашина алды-сатты шәртнамаларын нотариус тәрепинен нотариал тәртипте тастыйқлаў тек есапта туратуғын қорғаў дәрежесине, сериясына, тәртип рақамына ҳәм гербли бланка да әмелге асырылады. Алды-сатты бойынша шәртнаманыӊ биринши нусқа гербли бланкада алыўшыға, қалған нусқасы нотариал кеӊседе сақлаў ушын қалдырылады.
Пуқаралардан «Егерде автотранспорт қуралы мүлк ийеси мийрас болып нызамлы некеден өткенге шекем алынған болса, қалай рәсмийлестириледи»? мазмунындағы сораўлар да ушрасып турады. Неке дүзилгенге шекем сатып алынған, мийрас ямаса саўға шәртнамасы бойынша алынған, сондай-ақ неке шәртнамасы арқалы бөлинген болса, ерли-зайыплылар ортасындағы мүлкти бөлисиў ҳаққындағы суд ҳүжжети ямаса нотариал тәртипте рәсмийлестирил келисим бар болса, автотранспорт қуралларын басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы шәртнаманы тастықлаў ушын ерли-зайыптыӊ келисими талап етилмейди.
Э.Д.Дошмуратова Хожели районы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус стажёры