Ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды.

Хожели районы әдиллик бөлимине райондағы “Бағманлар” көшеси, 14-жайда жасаўшы пуқара Э.С.ның 2020 жыл 26-май күнги ““Бунёдкор” МПЖ тәрепинен перзентиниң тәмийинлениўи ушын 2020 жыл март ҳәм апрел айына төленетуғын напақа пуллары берилмегенлигинен наразы болып жазған” мүрәжаты үйренилип шығылды.

Анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013 жыл 15 февралдагы 44-сан қарары менен тастыйықланған «Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық “Бунёдкор” МПЖда дүзилген арнаўлы комиссияның 2020 жыл январь айындағы жуўмағы менен Э.С.ға 2020 жыл февраль айынан баслап перзентлериниң тәмийинлениўи ушын балалы шаңарақларға берилетуғын напақа тайынланған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013 жыл 15 февралдагы 44-сан қарарының 3-бәнтинде балалы шаңарақларға напақа ҳәм материаллық жәрдем 6 ай мүддетке тайынланады,–деп белгиленгенлигине қарамастан “Бунёдкор” МПЖ тәрепинен Э.С.ға 2020 жыл апрель, май айлары ушын напақалары себепсиз төленбегенлиги анықланды.

Бул бойынша бөлим тәрепинен 2020 жыл 18 май күни “Бунёдкор” МПЖна усыныс киритилип, пуқара Э.С.ның 2020 жыл апрель, май айлары ушын напақа пуллары төленип берилди ҳәм МПЖ баслығының орынбасары У.Торениязов интизамий жуўапкершиликке тартылды.

 

А.Гулимбетов

Хожели район әдиллик бөлими жетекши мәсләҳәтшиси