Палыз өнимлерин егип дәрмат алғым келеди, қыйтақ жеримди үй әтрапын көклемзарластыраман деген мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы соцсияллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға палыз өнимлери нәллери бийғәрез бериў даўам етпекте. 

        Бул саўаплы акцияға Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты Матмуратов Ғуламжанда өз улесин қосып өзи сайланған Муртазабий мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы қыйтақ жеринен унемли пайдаланыў тилегин билдирген шаңарақларга декоратив тереклер ҳәм палыз өнимлери нәллерин таркатпақта.

     Ҳүрметли пуқаралар сизиң қыйтақ жериңиз шанарағыңыздың дәрамат дереги. Солай екен өз табызыңызды көбейтиў жеке қолыңызда.