Үлкемизге пасыллардың ишиндеги ең пайызлысы болған бәҳәр келиўи менен пүткил тәбият оянып жән әтрапқа сулыўлық енеди. Сол қатары инсаниятта өзи жасап атырған орталықты абаданластырып, көклемзарластырып гуллер, мийўе нәллерин отырғызып тәбиятымыз сулыўлығына үлес қосады. Бүгинги кунде тек ғана шаңарақлар емес бәлким районымыз аймағындағы мәкеме кәрханаларда өзиниң жумыс орынының әтрапындағы қыйтақ жерлердиде абадлантырмақта. Усындай орынлардан бири Хожели районындағы республикалық балалар санаториясы. Бул орында мийнет етиўшилер өз жумыс орындағы қыйтақ жерге бир қатар мийўе нәллерин, палыз өнимлерин егип жетистирмекте.