Хожели районы «Коронавирус» пандемиясына қарсы гүресиў менен байланыслы кең көлемли жумыслар алып барылмақта
Хожели районы «Коронавирус» пандемиясына қарсы гүресиў менен байланыслы кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Сондай-ақ, «Кеўиллилер отряды» шөлкемлестирилип, усы күнге шекем 309 көп қабатлы жайлар, 140 мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, буннан тысқары жәми 298.407 кв. метр майдан ҳәмде «Хожели дийхан базары» толығы менен үзиликсиз рәўиште дезинфекция исленбекте. Бул отрядқа 29 арнаўли қәниге ҳәм 26 әскерий хызметке шақырылыўшы кеўилли жаслар қурайды. Бүгин азанда «Саманкөл» АПЖ аймағында усы отряд күнделикли жумысқа шығыў ушын топланып, белгиленген тәртипте тарсырмалар берилди. Танысыў мақсетинде келген 4 сектор басшысына районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, подполковник Шавкат Фармонов есабат берди. Район ҳәкими сөзге шығып, халқымыздың тынышлығы, денсаўлығы ушын күни түн аянбай хызмет етип атырған бәрше хызмет ўәкиллерине ҳәм кеўилли жаслардың машақатлы ислерине шексиз миннетдаршылық билдирилди. Буннан соң, бул отряд көп қабатлы жайлар, орайлық көше, медицина бирлеспе имараты ҳәм тағы басқа объектлерди дизенфекция қылыў жумысларына шығып кетти.