Бир қатар шаңарақлар ҳалынан хабар алынди
Бундай сынаўлы кунлерде мүтәж инсанларды қоллаў, оларға жәрдем бериў, жол жорық көрсетиў шын инсаный пәзийлетлерден есапланады. Усындай саўаплы ислерди ҳәр күни районымыздың ҳәр бир мекеме-кәрхана ҳәм шөлкем басшылары, исбилерменелери әмелге асырмақта. Усындай кайырлы иске районлық халық билимлендириў бөлими баслығы Файзуллаева Кларада өз улесин косып бир қатар шаңарақлар ҳалынан хабар алып оларға өз кыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыўына көмеклесиў мақсетинде палыз өнимлери нәллерин тарқатты.