Дийханлардың 14 жыллық арманы орынланды!!!
Дийханлардың 14 жыллық арманы орынланды!!!
Бүгин Хожели районында уллы байрам, 14 жыл ишинде тәкирарланбаған пахта шәртнамасы артығы менен орынланды. Бул гүллан халқымыздың күни-түни хызмет етип, ақ пахтадай – ақ көкиреклиги, исеними, сабырлығы, белсендилиги ҳәм аянбай ислеген мийнетлери арқасында қырманымыз толды. Сол мүнәсибет пенен бәршеңизди шын қәлбимизден қутлықлаймыз!!!
Елимиз қырманының толып-тасыўы бул – халқымыз аўызбиршиликте тыныш-татыў жасап, еркин пәраўан турмыс кеширип атырғаныныӊ дәлийли. Соның нәтийжесинде 2019-жылы пилле режеси 105%ға, бийдай режеси 111%ға ҳәм пахта 100 %дан артығы менен орынланыўына еристик. Бул бизиң жолымыз ҳақ екенлигинен дәрек береди!!!