СУДЬЯ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ 

Хожели районы “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Ж.Наренбаевтың басламасы менен райондағы 41-санлы орта билим бериў мектеби жоқары класс оқыўшыларының жынаят ислери бойынша Хожели районы судында суд искерлиги менен танысыўы шѳлкемлестирилди.

Жаслар суд баслығы И.Алланиязовтың қабыллаўында болып, қабыл даўамында жасларға Ѳзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы, “Судлар ҳаққында”ғы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети, суд тәрепинен әдил судлаў бағдарындағы алып барылып атырған кең кѳлемли жумыслар ҳаққында түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, жыйналғанларға район аймағында сәдир етилип атырған ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың аўҳалы, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар тәрепинен сәдир етилип атырған жынаятшылық тенденциясы, олардың келип шығыў себеплери ҳәм келешекте олардың алдын алыў бағдарындағы суд баслығының жеке режелери итибарларына жеткерилди.

Буннан соң жасларға судта пуқаралар, мүрәжатшилер ушын жаратылған кең қолайлықлар, суд имаратына орнатылған соңғы әўлад аудио (видео) техникалары, инфо киоск, видеоконференц байланыс техникалары, олардың абзаллықлары ҳаққында кең түсиниклер берилди.

Жаслар ѳзлерин қызықтырған суд-ҳуқық тараўына байланыслы сораўларына жуўаплар алды, ушырасыў қызғын ҳәм исшеңлик руўхында ѳтти.

Жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов