“Автомобиль тарийхы” ҳаққында мағлыўматлар алыў бойынша қысқаша мағлыўмат
“Автомобиль тарийхы” ҳаққында мағлыўматлар алыў бойынша қысқаша мағлыўмат.
Автомобиль тарийхы ҳаққында мағлыўматнама алыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 9-марттағы 106-санлы қарары менен «Автомобиль тарийхы» мағлыўматларын алыў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенты тастыйықланған еди.
Оған муўапық 2022-жыл 1-майдан баслап:
- «Автомобиль тарийхы» мағлыўматларын Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы алыў бойынша мәмлекетлик хызмети жолға қойылды;
- транспорт қуралын техникалық көриктен өткериў процессинде транспорт қуралының басып өткен аралығы ҳаққындағы мағлыўматлар, атап айтқанда техникалық көриктен өткериўши исбилерменлик субъектлери тәрепинен де мәжбурий тәртипте мәлимлеме системасына киргизиў жолға қойылды.
«Автомобиль тарийхы» төмендеги мағлыўматларды өз ишине алады:
- автотранспорт қуралы ҳаққында улыўма мағлыўматлар;
- басып өткен аралығы;
- шәртнамалар дүзилгенлиги (исеним хат, ижәра, саўға шәртнамасы);
- жол-транспорт ҳәдийсеси әмелге асырылғанлығы;
- жүз берген қағыйдабузарлықлар;
- гиреўде екенлиги ҳаққында (бар болса);
- қадаған бар ямаса жоқлығы;
- бажыхана рәсмийлестириўи ҳаққында;
- лицензия дәрежеси (жолаўшы тасыў бойынша).
Мәмлекетлик хызметинен пайдаланыў ушын онлайн-сораўнама (МХО, ББИМХП) толдырылады. Хызмет көрсетилгенлиги ушын базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) 10% муғдарында жыйым өндириледи. Мағлыўматлар реал ўақыт режиминде таярланады ҳәм арза бериўшиге усыныс етиледи. Мағлыўматнама шахсқа тийисли мағлыўматлар жәрияланбаған ҳалда усыныс етиледи (автотранспорт қуралы ийеси тәрепинен өзиниң «Автомобиль тарийхы»ни билиў ушын жиберген сораўнамалардан тысқары).
Хожели районы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы А.Ауезимбетов.