Хожелиде үгит-нәсият жумыслары даўам етпекте

Бүгин 2023-жыл 15-май күни Хожели районы Ишки ислер бөлиминде «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында ушырасыў өткерилди. Оған, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшлық орайының районлық бөлим баслығы А.Джиенбаев ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты. Ушырасыў даўамында жыйналғанларға жат иллетлер ҳәм олардың аянышлы ақыбетлери, ҳәзирги күнде ушырасып атырған ҳалатлар және олардың алдын алыў бойынша кеңнен сөз етилди.