«Еӊ үлгили шаӊарақ»

Хожели районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен «Саманкѳл» АПЖда жайласқан мәденият сарайында «15-май Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен «Еӊ үлгили шаӊарақ» атамасында таңлаў болып өтти. Таңлаўға районлық 4 сектор аймағынан ең үлгили шаӊарақлар қатнасып, өз белсендилигин көрсетти.

Беллесиў жуўмағы менен 1-орынды «Қумбыз» мәкан пуқаралар жыйынынан қатнасқан Матчановлар шанарағы ийелеп, таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.