Кейинги жыллары киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти жедел раўажландырыў, киши санаат зоналарын қурыў ҳәм сол арқалы исбилерменлердиң перспективалы жойбарларын жүзеге шығарыў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслардың нәтийжесинде Наманган ўәлаяты – Жаңа Өзбекстанның санаат ҳәм исбилерменлик орайына айланды. Бул 2023-жыл февраль айында Наманган ўәлаятына сапары ўақтында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, буннан алты жыл алдын Республиканың дотациясында отырған, кәмбағаллық көрсеткишлери жоқары ўәлаятқа келген ҳәр қандай адам жедел жаңаланыўлар себепли Наманганда жарқын тартымлы орталықтың қәлиплескенине исеним пайда етеди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегацияның Наманганға хызмет сапарыныӊ әмелге асырылыўы да ўәлаяттағы реформалар менен жақыннан танысыў, топланған тәжирийбелерди Қарақалпақстанда да кең түрде қолланыўдан ибарат.

Делагация ағзалары дәслеп Уйчи районындағы «Ёркатай» киши санаат зонасында исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, бизнес жойбарларының нәтийжелери менен танысты. Киши санаат зоналары – Наманган ўәлаятының экономикалық өсиў ноқатларынан бири болып есапланып, республикада бириншилерден болып, 2017-жылдан Наманган қаласының шетки аймақларында енгизиле басланғанын атап өтиў орынлы. Мәмлекетимиз басшысының арнаўлы қарары менен ўәлаяттың барлық қала ҳәм районларында исбилерменлик орталығын кеңейтиў мақсетинде киши санаат зоналары қурылды, ҳәзирги күнге келип олардың саны 80 ге шамаласты. Оларда ислеп шығарылып атырған өнимлер өзиниң сапасы ҳәм бәсекиге шыдамлылығы менен дүнья базарларын ийелемекте.

4,7 гектар майданды ийелеген «Ёркатай» киши санаат зонасында улыўма баҳасы 115 миллиард сумды қурайтуғын 26 жойбар әмелге асырылмақта. Бул жерде тийкарынан текстиль өнимлерин ислеп шығарыўға бағдарланған кәрханалардың жумысын жолға қойыў режелестирилген болып, 1 мың 730 жаңа жумыс орны жаратылады.

Делагация ағзалары Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкат Абдураззоқов пенен биргеликте «Mega fayz teks» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ийирилген жиптен гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў, «Agro sof zaxira» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, «Уйчи мед диагноз» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шулық өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты. Ҳәзирги күнде мине, усындай киши санаат кәрханалары жумысының нәтийжели екенлиги айрықша атап өтилди. Қарақалпақстан делегациясының сапар шеңберинде Наманган қаласындағы «Бәркамал әўлад» киши санаат зонасындағы ушырасыўлар, әмелий сөйлесиўлер қарақалпақстанлы мийманлар ушын пайдалы болды. Мәҳәлле ишинде қурылған ўәлаяттағы гезектеги перспективалы зонада дерлик 10 гектар майданда 46 жойбар тийкарында исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Ҳәзирги ўақытта бул санаат аймағында 18 жойбар өз жумысын баслаған. Соның ишинде, «Sifat yogʻoch» жуўапкершилиги шекленген жәмийетте ҳәзирги ўақытта жүзге шамалас жигит-қызлар мийнет етпекте. Жумысшылар саны 150 ге жетип, толық қуўатлылық пенен исленсе, жылына 31 миллиард сумлық мебель өнимлери ислеп шығарылады.

Ушырасыў даўамында Наманганның ҳәр бир аймағында шөлкемлестирилген усындай өндирис кәрханаларының ўәлаят экономикасында айрықша орын ийелейтуғыны айтып өтилди.

Усы жылдың 21-майынан 21-июнине шекем Наманган қаласында дәстүрий түрде өткерип келинип атырған гөззалық әнжуманы – 62-Халықаралық гүллер фестивалы болып өтеди. Ҳәзирги ўақытта усы илажға қызғын таярлық көрилмекте.

Делегация ўәкиллери тийкарғы байрам илажлары өтетуғын Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағында болып, фестивальға таярлық жумысларын көзден өткерди.

Бағдың барлық кеўилашар, сулыў орынлары жүзлеген гүллерден ибарат байрамға тән композициялар менен безетилип атырғанын айтып өтиў керек. Бирин-бири тәкирарламайтуғын гөззалық дөретпелери аралбойынан келген мийманлардың қызығыўшылығын арттырды.

Фестиваль өткерилетуғын тийкарғы орынлар ҳәм дыққатқа ылайық көше-парклерге 30 миллион  түп гүл егиў жумыслары алып барылмақта. 300 түрдеги гүллерден жүзлеген композициялар жаратыў бойынша гүлши дизайнерлер мийнет етпекте.

Ҳақыйқатында да, Наманганның қолы гүл гүлшилери, абаданластырыў басқармасының пидайылары усы күнлери Қарақалпақстан Республикасында болып, тийкарғы көше ҳәм парклерди ойпатлық гүллери менен беземекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегацияның Наманган ўәлаятына сапары әмелий ушырасыўларға бай болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Skip to content